Get Mystery Box with random crypto!

#Сораў_жуўап ШӘЎЎӘЛДАҒЫ АЛТЫ КҮНЛИК ОРАЗА РАМАЗАН ҚАЗАСЫНАН | Paziyletuz | Рәсмий канал

#Сораў_жуўап

ШӘЎЎӘЛДАҒЫ АЛТЫ КҮНЛИК ОРАЗА РАМАЗАН ҚАЗАСЫНАН ӨТЕДИ МЕ?

Сораў: Мен де шәўўәл айында алты күн ораза тутпақшы едим. Бирақ Рамазан айында да алты күн себепли ораза тута алмадым. Енди, мен шәўўәл айында 6 күн ораза тутсам Рамазанның қазасын тутып берген есапланаман ба?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәўўәл айындағы алты күнлик ораза қаза оразалар орнына өтпейди. Сонлықтан мойнында Рамазан айы оразасынан қарызы бар болған адам алдын ала қаза оразасын тутыўы тийис. Қаза оразасын тутып атырған адам таң намазының ўақты (субҳи садық) кирмесинен алдын "Рамазан айынан тута алмаған қаза оразаны тутыў"ды нийет етиўи керек болады. Егер нийет ете алмай, таң атқаннан кейин нийет етсе, нийети итибарлы болмайды.

Шәўўәл айындағы алты күнлик ораза нәпил ибадат болып, оны шәўўәл айы даўамында тутса да болады. Соның ушын Сиз биринши гезекте қаза оразаларды кәмил тутып алып, кейин шәўўәл айы даўамында алты күн ораза тутыўыңыз мақсетке муўапық. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz