Get Mystery Box with random crypto!

#күн_аяты Жақсылықтың бәрше түри жәмленген аят Аллаҳ таала | Paziyletuz | Рәсмий канал

#күн_аяты

Жақсылықтың бәрше түри жәмленген аят

Аллаҳ таала Қураны кәриймде айтады: "Жақсылық – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес.

1. Жақсылық –
– Аллаҳға,
– ақырет күнине,
– периштелерге,
– Китапқа,
–Пайғамбарларға ийман келтиретуғын

2. ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан
– ағайинлерине,
– жетимлерге,
– мискинлерге,
– жолаўшыларға, тиленшилерге,
қул азат қылыўға беретуғын,

3. намазды кәмил оқып,
– зәкат беретуғын,
– келисим қылғанда келисимине – опа қылыўшыларға,
– жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм аўыр ўақытта сабыр қылыўшыларға (тән).

Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы". (Бақара сүреси, 177-аят).

Ибн Кәсир раҳматуллаҳи алайҳ айтады: "Ким усы аят пенен сыпатланса, Ислам дининиң бәрше тараўларына кирип, жақсылықтың басынан тутқан болады".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz