Get Mystery Box with random crypto!

​​#Сораў_жуўап ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ҚАЗАСЫ БАР МА? СОРАЎ: | Paziyletuz | Рәсмий канал

​​#Сораў_жуўап

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ҚАЗАСЫ БАР МА?

СОРАЎ: Айырым бир себеплерге көре шәўўәл айының 6 күнлик оразасынан 3 күнин тута алмай қалдым. Қандай етип шәўўәл айы оразасының қазасын тутсам болады? Өзи шәўўәл оразасының қазасы бар ма?


ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Шәўўәл айы оразасын тута алмаған болса, оның қазасы тутылмайды. Себеби ол нәпил — ықтыярый ораза есапланады.

Бирақ, шәўўәл айының саўабына — бир жыллық оразаның саўабына ерисиўдиң басқа жолы да бар. Буның ушын ҳәр қамарий айда үш күн ораза тутылса, бир жыл ораза тутқанлық саўабына ерисе алады. Бул ҳаққында төмендеги саҳиҳ ҳәдисте былай ўәде етилген:

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң "Аллаҳға ант, тири екенмен, күндизи ораза тутаман, түнди ибадат пенен өткиземен", деп атырғаным хабар қылынды. Мен Нәбий алайҳиссаламға айттым: "Ата-анам сизге пидә болсын, ҳақыйқатында да сондай дедим". Ол: "Сен буны қыла алмайсаң. Сол себепли, ораза да тут, аўзы ашық та жүр. Уйқысыз да бол, уйқыла да. Айда үш күн ораза тут. Өйткени, жақсылық орнына оның он есеси бар. Мине усы жыл-он еки ай ораза тутқан сыяқлы болады", деди. (Имам Бухарий рәўияты). Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz