Get Mystery Box with random crypto!

#күн_аяты 'Биз инсанды ата-анасына жақсылық етиўге буйырды | Paziyletuz | Рәсмий канал

#күн_аяты

"Биз инсанды ата-анасына жақсылық етиўге буйырдық" (Аҳқоф сүреси, 15-аят).

Ата-анаға жақсылық етиў төмендеги түрлерге бөлинеди:

— Ата-ана хызметлерин қалыс нийет пенен ислеў;
— Ата-ананы жақсы көрип уллылаў;
— Шәриятта қайтарылмаған ислерде мудамы оларға итаат етиў;
— Ата-ананы қуўандыратуғын ислерди қылыў;
— Ата-анадан алдын аўқатланбаў;
— Ата-ананың алдына кириўде де, шығыўда да сәлем бериў;
— Ата-ананың алдында даўысты көтермеў;
— Ата-ана ушын мал-мүлкин сарплаў;
— Ата-ана жақсы көретуғын адамларға да жақсылық етиў;
— Сапарға ата-ананың дуўаларын алып шығыў;
— Ата-ананы атлары менен шақырмаў;
— Ата-ананы кемситетуғын ислерден сақланыў.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz