Get Mystery Box with random crypto!

#шәўўәл_айы_оразасы ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ Бул | Paziyletuz | Рәсмий канал

#шәўўәл_айы_оразасы

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Бул оразаны қашан тутқан мақул?

    Шәўўәл айы ҳижрий сәнениң оныншы айы болып есапланады. Бул айда саламатлығы ҳәм мүмкиншилиги болған адам нәпил оразасын тутса, Аллаҳ таала ол бендеге көп әжир-сыйлықларын бериўин ўәде қылған. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
     “Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айынан алты  күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады” Имам Мүслим рәўияты).

      Бул алты күнди Шәўўәл айының екинши күнинен баслап тутыў мүмкин.
Рамазанда базы бир себеплерге көре айрым күнлери ораза тута алмай, мойнында қазасы бар адамлар биринши сол қазаларын тутып алып, кейин Шәўўәлдың нәпил оразасын тутса мақсетке муўапық болады. Уламалардың көпшилиги Рамазан оразасының мәртебеси парыз, ал Шәўўәл айы оразасының мәртебесин нәпил екенини итибарға алып, биринши қазаны тутыўды усыныс еткен.
     Керисинше, биринши Шәўўәлдың 6 күн оразасын тутаман, кейинги айларда Рамазаннан қалған қаза оразаларды тутаман, десе де орынлы болады.

    Көпшилик уламалар Шәўўәл айындағы оразаны избе-из емес, ҳәптеде еки-үш күннен тутыўды усыныс етеди. Әсиресе, дүйшенби ҳәм пийшемби күнлери тутса, сүннетке де әмел еткен болып, 2 есе саўапқа ийе болады инша Аллаҳ. Алты күн избе-из тутса да инша Аллаҳ саўабынан ҳеш нәрсе кемейтирилмей бериледи.




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz