Get Mystery Box with random crypto!

#рамазан_2024 #хатмул_Қуран ҚӘДИР ТҮНИНДЕГИ ХАТМУЛ ҚУРАНҒА | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рамазан_2024 #хатмул_Қуран

ҚӘДИР ТҮНИНДЕГИ ХАТМУЛ ҚУРАНҒА МӘРҲӘМӘТ!

Бүгин 5-апрель Жума яғный, Қәдир түни саат 21:10 да Нөкис қаласы Қум аўыл елаты "Салмен ийшан" жаме мешитинде Хатмул Қуран жуўмақланады.

Бәршеңизди хатмы Қуранға мирәт етемиз. Аллаҳ тааланың кәламын тыңлап, қәлбиңиз ләззет алсын, Қураны кәриймниң шарапаты менен журтымызға, халқымызға Аллаҳ тааланың мийрими, пайыз-берекетлери жаўылсын!

Әлбетте хатмнан кейинги ҳәм Қәдир түниндеги дуўалар ижабат болады, иншааАллаҳ. Себеби, дереклерде келеди:

Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуранды хатм қылса, шаңарағын жыйнап, Аллаҳ таалаға дуўа қылатуғын еди, олар "Әмийн!" деп туратуғын еди».



Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌