Get Mystery Box with random crypto!

РАМАЗАНДАҒЫ ИБАДАТТЫҢ ТӘСИРИ ЖЫЛ БОЙЫ ТУРАДЫ Мәўлана Ашраф | Paziyletuz | Рәсмий канал

РАМАЗАНДАҒЫ ИБАДАТТЫҢ ТӘСИРИ ЖЫЛ БОЙЫ ТУРАДЫ

Мәўлана Ашраф Әлий Таҳанаўий қуддиса сирруҳ айтады:
"Тәжирийбеден мәлим, Рамазандағы ибадаттың тәсири өзинен кейин он бир ай турады. Ким Рамазан айында қандайда бир ийгиликли исти машақат пенен қылса, Рамазаннан кейин сол исти аңсатлық пенен қыла алады. Ким Рамазан айында қандайда бир гүнадан сақланса, Рамазаннан кейин сол гүнадан аңсатлық пенен сақлана алады. Рамазан айында гүнадан сақланыў қыйын емес. Себеби, шайтанлар кисенленген болады. Ал, шайтанлар кисенленсе, сиздиң гүналардан сақланыўыңыз да аңсат болады. Бирақ, бул гүналар пүткил жоқ болады, дегени емес. Себеби, гүнаға және бир шақырыўшы, яғный нәпси турыпты. Рамазан айында да гүна қылыўды қәлей береди. Бирақ, тәсири кем болады. Өйткени, гүнаға шақырыўшы басқа шериги жоқ – ол кисенленген. Рамазан айының отыз күнлик қыйыншылығына шыдаў ол дәрежеде аўыр емес. Мақсет бул айда ҳәр бир ағзаны гүнадан сақлаў".



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz