Get Mystery Box with random crypto!

Сергеклик мазмунындағы ушырасыў Бүгинги қала ҳәм районлық ҳая | Paziyletuz | Рәсмий канал

Сергеклик мазмунындағы ушырасыў

Бүгинги қала ҳәм районлық ҳаял-қызлар мәсләҳәтшилери ҳәм отинайылар қатнасындағы оқыў семинарына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар да қатнасты.
Р.Нуразизов социал тармақларда этика нормаларына туўры келмейтуғын түрли бузғыншылыққа қаратылған идеялар менен бир қатарда динди үгит-нәсиятлаўшы ҳәм ол арқалы жәмийеттеги тынышлық ҳәм қәтержамлыққа иртки салыўға себеп болатуғын идеяларды сиңдириўге ҳәрекет етип атырған ағымлардың бар екенлиги, елимиз тынышлығы ушын ҳәмме жуўапкер екенлигимиз, отинайылар мәҳәллелерде, той-мерекелерде тынышлық ҳәм сергеклик ҳаққында үгит-нәсият жумысларын алып барыў, сырт еллерде мигрант болып, ўақтынша жумыс ислеп атырған жерлеслеримизди, аўылласларымызды сергекликке шақырыў бойынша семинар қатнасыўшыларына тапсырмалар берди.
Келешек – жаслар қолында. Бүгинги күнде ең зәрүрли ўазыйпамыз өсип киятырған жас әўладты миллий қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, олар қәлбинде өз халқына, ўатанына меҳир-мириўбет ҳәм садықлық сезимин күшейтиў, оларды ҳәр түрлы бузғыншы күшлердиң ҳәрекетинен қорғаў ҳәр биримиздиң баслы ўазыйпамыз екенлиги ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов айтты.
Семинар қатнасыўшылары ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz