Get Mystery Box with random crypto!

Реже тийкарында отинайыларға оқыў-семинары ѳткерилди Бүгин Қа | Paziyletuz | Рәсмий канал

Реже тийкарында отинайыларға оқыў-семинары ѳткерилди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шѳлкемлестириўи менен ҳәм де Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәжилислер залында республикамыздағы қала ҳәм районлардағы ҳаял-қызлар кеңесгѳйлери, имам-хатиблердиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жәрдемшилери ҳәм де отинайылар ушын бир күнлик оқыў-семинары ѳткерилди.
Семинарда республика үгит-нәсият топарлары басшылары, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты аға оқытыўшылары тәрепинен «Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар арасында социаллық иллетлер ҳәм олардың алдын алыў. Қурани Кәрийм ҳәм ҳәдиси-шәрифлерде руўхый қәдириятларды ҳаял-қызлар санасына сиңдириў усыллары. Ислам дининдеги мәзҳаблар, фирқалар ҳәм ағымлар. Жат диний идеяларға қарсы иммунитетти қәлиплестириўдиң әҳимийетли тәреплери» темаларында сәўбетлесиўлер болды.
Семинар қатнасыўшылары ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz