Get Mystery Box with random crypto!

РАМАЗАН – ЖӘНЕ БИР ИМКАНИЯТ Ҳәр Рамазан және бир жаңа имкания | Paziyletuz | Рәсмий канал

РАМАЗАН – ЖӘНЕ БИР ИМКАНИЯТ

Ҳәр Рамазан және бир жаңа имканият демек. Өткен жылғы Рамазанда көп қәтелер қылдық, көплеген ийгиликли ислерди қолдан шығарып қойдық.
Бүгин Аллаҳ таала бизлерге және бир имканият берди:

Шайтанды кисенледи;
Жәннет есиклерин ашып, дозақ есиклерин жаўды;
Мийрим, мағфиратқа ерисиў ҳәм дозақтан азат болыў ушын және бир имканият берди;
Дуўаларды тоқтаўсыз қабыл етиўин жәриялады;
Тап Аллаҳ таала бизлерди кешириў ушын "бәне излеп атырғандай!";
Сондай имканияттан да пайдалана алмасақ, ғәплетте қалсақ, ҳеш бир гүмансыз ғам-тәшўишимиз зыяда болады.

  Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий ҳафизаҳуллаҳ.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz