Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы «Мағзан ийшан» меши | Paziyletuz | Рәсмий канал

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы «Мағзан ийшан» мешитинде тараўиҳ намазында болды

Елимизде Мүбәрек Рамазан айының пайызы ҳүким сүрмекте. Бул айда мешитлерге барып жǝмǝǝт пенен диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиў ѳткериў ҳǝм тараўиҳ намазын оқыў үзликсиз даўам етпекте.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов мешитлердеги жаратылған шараятлар, қолайлықлар ҳәм бәҳәрги егис ислерине таярлық жумысларын кѳриў мақсетинде Кегейли районында хызмет сапарында болды. Сапарды райондағы «Ийшан қала» ҳәм «Халқабад» мешитлериндеги жумысларды кѳзден кешириўден баслады, имам-хатиб ҳәм имам-найыплар менен ушырасты ҳәм ѳзиниң усынысларын берди.
Сапар даўамында райондағы орайлық «Мағзан ийшан» мешитинде «Қоңсышылық ҳақылары, ѳз-ара аўызбиршилик» темасында баянат жасап, бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен жасаў ҳәм жумыс орнымызды, мешит әтирапларын таза услаўымыз, абат қылыўымыз, мийўели ҳәм декаратив дарақлар егиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.
Жәмәәт пенен тараўиҳ намазын оқыды. Тараўиҳ намазынан соң елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz