Get Mystery Box with random crypto!

#таңғы_тилек АССАЛАМУ АЛАЙКУМ! РАМАЗАННЫҢ 7-КҮНИ МҮБӘРЕ | Paziyletuz | Рәсмий канал

#таңғы_тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!

РАМАЗАННЫҢ 7-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!


Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден, басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен.

Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

Ибадатларыңыз әжир-саўапларға толы болсын!

Ақыретте тутқан оразаңыз сизди Райян дәрўазасынан жәннетке алып кирсин!

РАМАЗАННЫҢ ЖЕТИНШИ КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!

Аллаҳтың аманлығы
Пайғамбар ﷺның дуўасы
Қуранның нуры
Рамазанның пазыйлети күн даўамында сиз бенен болсын!

Қайырлы таң!!!



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz