Get Mystery Box with random crypto!

#рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети #ораза ОРАЗАНЫҢ СҮННЕТИ, | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети #ораза

ОРАЗАНЫҢ СҮННЕТИ, МӘКРУҲ ҲӘМ БУЗЫЎШЫЛАРЫ

– Ораза тутқан адам қандай ислерди қылыўы сүннет?
Сәрлик қылыў; таңнан алдын оразаны нийет етиў; ораза менен нәпсини жаман нийетлерден тоқтатыўды нийет етиў; ораза болған ҳалда пайдасыз сөзлерди сөйлеў ҳәмде еситиўден өзин сақлаў; адамлар менен жәнжеллесиўден, ҳәмде ҳәр бир гүна ислерден өзин тартыў; имканы болғанша зикир айтыў ҳәмде Қуран тиләўат қылыў менен шуғылланыў; күн батқан ўақытта шам намазды оқымастан алдын аўыз ашыў сүннет болып есапланады.

– Ораза тутқан адамларға қандай ислер мәкруҳ есапланады?

Пайдасыз, биймәни сөзлерди айтыў; адамлар менен жәнжеллесиў; моншаға түсиў; суўға сүңгиў; аўқатты татып көриў; оразаны жалғап тутыў, яғный биринши күнги оразасын екинши күнге аўыз ашпастан даўам еттириў сыяқлы ислер мәкириў болып есапланады.

– Ораза тутқан адамға қандай ислерди қылыў дурыс болады?

Сатып алатуғын нәрселерди тил тийгизип татып көриў, зәрүр болғанда тағам шайнап бериў, көзге сүрме тартыў, бетти майлаў, мисўәктен пайдаланыў, қан алдырыў, зүлик қойдырыў, қуман менен ғусыл қылыў, сабын менен пәклениў дурыс болады, мәкруҳ емес.

– Оразаны қандай нәрселер бузады?

Гүнжи дәни муғдарында болса да тағам жеў; бир тамшы болса да суў ишиў; еркек ҳәмде ҳаялдың жынысый жақынлық қылыўы оразаны бузады.

– Бир адам биле тура өз қәлеўи менен оразаны бузатуғын ислерди биринши мәрте қылса, ол адам не қылыўы керек?

Оразасының қазасын тутады ҳәмде кәффәрат лазым болады.


«Идадати исламия» китабынан

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz