Get Mystery Box with random crypto!

БИЛИМ ЖУРТЫНДА ЭССЕЛЕР ТАҢЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ Усы жылдың 2-д | Paziyletuz | Рәсмий канал

БИЛИМ ЖУРТЫНДА ЭССЕЛЕР ТАҢЛАЎЫ БОЛЫП ӨТТИ


Усы жылдың 2-декабрь күни Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 1-декабрь “Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн” мүнәсибети менен өткерилген “Эсселер таңлаўы” жарысының сыйлықлаў мәресими болып өтти. Илажда Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Әдилбай Ережепов, бөлим қәнигеси Исмайыл Аллаяров, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының педагогика илимлери бойынша философия докторы Қабыл Мәмбетов ҳәм медресе талабалары қатнасты.

Илажды Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Әдилбай Ережепов ашып берди. Ол өз сөзинде “Тилге итибар – елге итибар” деген нақылдың қаншелли терең мәнили туўры гәп екенин атап өтти.

Кейин сөзге  Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының педагогика илимлери бойынша философия докторы Қабыл Мәмбетов сөзге шығып тилимизге кирип атырған заманагөй технологиялық сөзликлердиң әҳмийети ҳаққында кең ҳәм толық түсиник берди. Соннан соң Әдилбай Ережепов нәўбетти таңлаўда қатнасқан ҳәм жеңимпаз болған талабаларды сыйлықлаўға берди.

Таңлаўда сыйлы биринши орынды 1-курс талабасы Аллаяр Байымбетов, екинши орынды 2-курс талабасы Бекбаўлиев Ҳамидулла, үшинши орынды 1-курс талабасы Балтабаев Оразбек ийеледи. Таңлаў жеңимпазларына ҳәм қатнасыўшыларына саўғалар тапсырылды. Илаж соңында Ә. Ережепов бәрше талабаларды мазмунлы ҳәм жоқары дәрежеде шығарма жумысын жазған талабаларды атап өтип, келешекте буннан да әжайып шығармалар, эсселер жазыўға шақырды.

Билим журты жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Әдилбай Ережепов


https://t.me/alberuniyuz