Get Mystery Box with random crypto!

#ҳикмет Әмеллерге ўәде етилген саўаплар Ким Қураны кәриймне | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳикмет

Әмеллерге ўәде етилген саўаплар

Ким Қураны кәриймнен бир ҳәрип оқыса, оған бир жақсылық жазылып, он есеге шекем көбейтип бериледи.

Ким жетимге кепил болса, Жәннетте Нәбий алайҳиссалам менен жолдас болады.

Ким "Субҳаналлаҳ"ты 100 мәрте айтса, оған 1000 дана жақсылық жазылады.

Ким Каҳф сүресиниң алдынан 10 аят ядласа (базы рәўиятта ақырынан 10 аят ядласа) Дажжал фитнасынан аман болады.

Ким Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға бир салаўат айтса,
Аллаҳ таала оған 10 салаўат айтады.

Ким Аллаҳтың гөззал атларын (мәнилерин аңлап, айтып) санаса, Жәннетке киреди.

Ким парыз намазынан кейин "Аятал курсий"ди оқыса, Жәннетке кириўинен өлим тосып турады.

Ким әғайинлери менен қатнасықты тиклесе, ырысқысы кең ҳәм өмири узақ болады.

Ким бирәдарына ғайыбана дуўа қылса, периштелер оған әмийн, өзиңе де сондай болсын, деп турады.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz