Get Mystery Box with random crypto!

Жума күниңиз мүбәрек болсын! Ҳәпте ишинде түрли күн Түрли сәҳ | Paziyletuz | Рәсмий канал

Жума күниңиз мүбәрек болсын!

Ҳәпте ишинде түрли күн
Түрли сәҳәр, түрли түн
Ең муқаддес нурлы күн
Жума мүбәрек, уллы күн.

Аллаҳым, жума күнинде сеннен жеңиллик, қуўаныш күтип турған бенделериң бар, оларға хош хабар бер.

Сениң мийримиңнен үмит еткенлер бар, оларға рейим ет.

Сеннен шыпа сорағанлар бар, оларға шыпа бер.

Ҳақларына жақсы дуўалар күтип атырған марҳумлар бар, олардың гүналарын әпиў ет.

Аллаҳым, жума күнинде бизлерди, ата-аналарымызды, биз жақсы көрген адамларды гүналары әпиў етилгенлерден, олардан разы болынғанлардан, жәннетий деп жазылғанлардан қылагөр!!! Әмийн!

ЖУМА МҮБӘРЕК БОЛСЫН!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz