Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис ҚАНДАЙ ҲАЯЛЛАР ЖАҚСЫРАҚ? Ҳәдиси шәрийфте: «Я | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис

ҚАНДАЙ ҲАЯЛЛАР ЖАҚСЫРАҚ?

Ҳәдиси шәрийфте:
«Я Аллаҳтың Расулы, ҳаяллардың қандайы ең жақсысы», – делинди.
«Нәзер салса, қуўаныш бағышлайтуғыны. Буйырса, бойсынатуғыны ҳәм күйеўине өз жанында ҳәм мал-мүлкинде ол жақтырмайтуғын нәрсе менен қылапылық қылмайтуғыны», – деди».

«Сунан» ийелери рәўият қылған.

Шолыў: Усы ҳәдиси шәрийфте еркек ушын ең жақсы ҳаялдың айырым сыпатлары ҳаққында сөз бармақта:
1. «Нәзер салса, қуўаныш бағышлайтуғыны».
Демек, күйеўи нәзер салса қуўандыратуғын ҳаял ең жақсы ҳаялларда болатуғын сыпатларға ийе болады екен.
Бул ҳаялдың сыртқы келбети, кийиниўи, өзин тутыўы ҳәм әдеп-икрамы сыяқлы нәрселерди өзи ишине алады. Ең жақсы ҳаял болыў үмитиндеги қызларымыз, ҳаялларымыз усы нәрсеге айрықша итибар бериўи керек. Күйеўиниң көзине бәрқулла қуўандыратуғын рәўиште көриниўге ҳәрекет етиўи лазым.

2. «Буйырса, бойсынатуғыны».
Күйеўине бойсыныў ҳаяллардың ең гөззал, ең жақсы сыпатларынан бири есапланады.
Әлбетте, бул жерде шәрий руқсат берилген ислер шеңберинде бойсыныў ҳаққында сөз бармақта. Гүна ислерде бойсыныў мүмкин емес.
Себеби, Жаратқанға гүна ислеринде мақлукқа бойсынылмайды.
Күйеўи шаңарақ баслығы болғаннан кейин шаңарақ ағзалары, соның ишинде, ҳаял оған бойсыныўы керек.
Күйеўине бойсыныўшы ҳаял ең жақсы сыпатлардан бирине ийе болған ҳаял есапланады.
Күйеўине бойсынбайтуғын ҳаялды жақсы ҳаяллар қатарына улыўма қосып болмайды.

3. «Күйеўине өз жанында ҳәм мал-мүлкинде ол жақтырмайтуғын нәрсе менен қылапылық қылмайтуғыны».
Басқаша етип айтқанда, ең жақсы ҳаял сыпатына ийе болажақ ҳаял күйеўине жақпайтуғын ислерди қылмаўы керек.
Себеби, сондайдан шаңарақта урыс-жәнжел шығыўы, өзиниң тынышы жоғалыўы, ҳәтте шаңарақ бузылып кетиўи де мүмкин.
Және ҳаял адам өз мал-мүлкин күйеўи жаман көретуғын нәрселерге сарпламаўы керек. Әне сонда ол ең жақсы ҳаялдың және бир сыпатына ийе болады.
Усы ҳәдисте зикир етилген үш сыпатты өзинде жәмлеген ҳаял ең жақсы ҳаяллардан болыўына гүман жоқ.
Мөмин-муслима ҳаял-қызларымыз пайғамбарымыздың усы ҳәдисинде зикир етилген жоқары дәрежедеги сыпатларды өзлеринде жәмлеўге ҳәрекет етиўи лазым.
Соның менен бирге, кишкене қызларымызды жаслайынан әне сондай гөззал сыпат ийелери етип тәрбиялаўымыз зәрүр.


Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

Telegram | instagram
| youtube | facebook