Get Mystery Box with random crypto!

НЕКЕ «Неке» сөзи сөзликте «қосылыў» «жақынлық», «байланы | Paziyletuz | Рәсмий канал

НЕКЕ

«Неке» сөзи сөзликте «қосылыў» «жақынлық», «байланысыў» мәнилерин аңлатады. Терминологияда шәрият бойынша үйлениў мүмкин болған ҳаял менен еркек адамның бир-биринен ләззет алыўын ҳадал жолға салыўши питим «неке» делинеди. Неке питимлердиң ең жақсысы есапланады. Себеби, ол инсанға байланыслы болып, еки шахс арасын меҳир-муҳаббат пенен байланыстырады. Ол зүряд пайда болыўының басы, жынысый бузықлықлардан сақланыў жолы.
Неке динимизде буйырылған әмеллерден болып, Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламның сүннети есапланады. Некеден тийкарғы мақсет – зүряд қалдырыў ҳәм ҳарамнан сақланыў, тийкарғы шәртлеринен бири келинге күйеўи тәрепинен қандайда бир саўға – маҳр берилиўи. Некесиз қосылыў зина есапланады. Некениң рукнлери «ийжаб» ҳәм «қабыл» есапланады.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

Telegram | instagram | youtube