Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис РАЖАБ АЙЫ ОРАЗАСЫ Усман ибн Ҳакимнен рәўият қыл | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис

РАЖАБ АЙЫ ОРАЗАСЫ

Усман ибн Ҳакимнен рәўият қылынады:
«Саъийд ибн Жубайрдан ражаб айында турғанымызда ражаб оразасы ҳаққында сорадым. Ол:
«Ибн Аббастың «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ораза тутар еди, енди аўзын ашпаса керек, дер едик. Аўзы ашық болар еди, енди ораза тутпаса керек, дер едик», деп айтқанын еситкенмен»,
– деди».

Шолыў: Усман ибн Ҳаким Саъийд ибн Жубайрдан Ражаб айы оразасы ҳаққында сораса да, ол Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның күнделикли әдети ҳаққында жуўап берген. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам гейде үзликсиз ораза тутар еди, ҳәтте адамлар енди аўзын ашпаса керек, деп ойлап қалатуғын болған. Ал, гейде аўзы ашық жүргенликтен адамлар енди ораза тутпаса керек, деп ойлап қалатуғын болған. Ражаб айында да сондай болатуғын еди.


https://t.me/paziyletuz