Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдис #дуўа • Ражаб егис айы! • Шаъбан суўғарыў айы! • Рамаз | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдис #дуўа

• Ражаб егис айы!
• Шаъбан суўғарыў айы!
• Рамазан жыйын-терим айы!

Уламаларымыздан бири: “Ражаб самалға, Шаъбан бултқа, Рамазан жаўынға уқсайды. Кимде-ким Ражаб айында егин екпесе, Шаъбан айында оны суўғармаса, Рамазан айында қалай зүрәәт алады?” деген екен.

Әмир ибн Шиблдан рәўият қылынады, Әбиў Қилаба разыяллаҳу анҳудан еситтим, ол айтты: “Ражаб айында ораза тутыўшылар ушын жәннетте бир сарай бар”.
(Имам Байҳақий рәўияты)

Солай екен, Рамазанда алатуғын зүрәәтимиз мол болыўы ушын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан өрнек алған ҳалда Ражаб айында нәпил оразалар тутып, көбирек салыҳ әмеллер менен бирге ықлас пенен дуўалар қылыўды да умытпайық!

• Аллаҳым! Бизлер ушын Ражаб ҳәм Шаъбанды берекетли қыл ҳәм бизлерди Рамазанға аман-есен жеткер!

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!



https://t.me/paziyletuz