Get Mystery Box with random crypto!

#сораў_жуўап #әҳмийетли БУКМЕКЕРЛИК КОМПАНИЯЛАРЫНДА ФУТБОЛ ОЙ | Paziyletuz | Рәсмий канал

#сораў_жуўап
#әҳмийетли

БУКМЕКЕРЛИК КОМПАНИЯЛАРЫНДА ФУТБОЛ ОЙЫНЛАРЫНА ПУЛ ТИГИП ОЙНАЎ ОРЫНЛЫ МА?

СОРАЎ: Мениң өмирлик жолдасым букмекерлик компанияларында футбол ойынларына пул тигип ойнайды. Бул да қумар ойыны болып есаплана ма?

ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Букмекерлик компанияларында футбол ойынларына пул тигип ойнаў қумар болып есапланады. Мусылман адам оннан сақланыўы лазым. Себеби Исламда қумар ойынларын уламалар бир ҳаўаздан ҳарам деп дағазаланған. Буған Аллаҳ тааланың мына аяты тийкар болған:


«Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер – шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз». (Маида сүреси, 90-аят).

Қумардан табылған малды жеў сүдхорлық пенен табылған малды жеўден де аўыр. Себеби қумарпаз шәриятта ҳарам қылынған еки үлкен гүнаға қол урады. Ҳарам ойын ойнайды ҳәм ойында утып алған ҳарам малды өзлестиреди. Оннан тысқары қумар Аллаҳтың зикиринен, намаздан тосады. Соның ушын да Исламда қумар ойнаў сүдхорлықтан алдынрақ ҳарам қылынған. Ўаллаҳу аъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа бөлими

https://t.me/paziyletuz