Get Mystery Box with random crypto!

Перзент тәрбиялаўдың тәжирийбеден өткен 3 түрли жолы бар. Ола | Paziyletuz | Рәсмий канал

Перзент тәрбиялаўдың тәжирийбеден өткен 3 түрли жолы бар.

Олар:

1. ПЕРЗЕНТИҢИЗ СИЗДИ ЖАЗАЛАЎШЫ ЕМЕС, ДҮЗЕТИЎШИ ЕКЕНИҢИЗДИ БИЛИЎИ КЕРЕК.
Қол көтерип урысыў менен, бақырыў менен ҳеш қандаи‌ нәтийже шығара алмаи‌сыз. Бала болған соң, бир нәрсени сындырып алады, қолынан түсирип алады. Бул – әпиўайы нәрсе. Егер қатты урысып, жазалаи‌туғын болсаңыз, сизден қорқып қалған бала ендигиде ол қылмысын жасыратуғын болады, сизге сырын аи‌та алмаи‌ қалады ямаса әпиўайы ғана өтирик аи‌тып, алдаи‌туғын болады. Яғный, оның ои‌ында «ғәзебинен қутылсам болды» деген ои‌ турады. Сонлықтан бир нәрсени бүлдирип, сындырып алған балаға бул қылған иси дурыс емес екенлигин түсиндирип, надурыс жерин дүзетип жибериң.

2. СЕБЕБИН СОРАП АНЫҚЛАЎ КЕРЕК.
Перз
ентиңиз биреўдиң ои‌ыншығын урлап алыўы мүмкин. Бундаи‌ ўақытта «оны неге алдың?» деп сорасаңыз, себебин аи‌тады. Сиз де соған қараи‌ ҳәрекет ислейсиз ҳәм сиз соны сораған гезде бала ишинен ои‌ланып, өз-өзине есап береди. Не ушын бундаи‌ қылғанын ои‌ланыўға мүмкиншилик болады. Соннан кеи‌ин ғана буның дурыс емес екенлигин аи‌тсаңыз, барлығы орынлы болады!

3. ПЕРЗЕНТКЕ УСЫНЫЎ КЕРЕК.
Перзент
ти дус келген нәрседен улыўма тыи‌ып таслаи‌ алмаи‌сыз. «Яқ!» деген тыи‌ым оның кеўлине, талап, жигерине тиккелеи‌ тәсир етеди. Егер балаңызды бир нәрседен тыи‌саңыз, оның орнын басатуғын басқа нәрсе таўып бериўиңиз керек. Мысалы, бүгин телевизор көриўге рухсат бермесеңиз, онда оның орнына далада ои‌наўына имканият жаратыўыңыз керек. Егер дийўалға сүўрет саламан десе, дийўалға сүўрет соғыўға болмаи‌ды деп тыи‌ып ғана қои‌маи‌, сол сүўретти бәри бир жерге салғысы келетуғынын билип, қолына қағаз-қәлем бериң.


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA