Get Mystery Box with random crypto!

#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис #мағлыўмат РАМАЗАН АЙЫНЫҢ ПАЗЫ | Paziyletuz | Рәсмий канал

#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис #мағлыўмат

РАМАЗАН АЙЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Сизлерге мүбәрек Рамазан айы келди. Аллаҳ азза ўа жалла сизлерге оның оразасын тутыўды парыз қылды. Онда аспанлардың есиклери ашылады. Онда жәҳәннемниң есиклери жабылады. Онда өз басымша шайтанлар кисенленеди. Онда Аллаҳтың бир түни болып, ол мың айдан жақсы. Ким ол түнниң жақсылығынан бос қалса, ҳақыйқатында да бос қалыпты», – деди».
Насаий ҳәм Байҳақий рәўият қылған.

Шолыў: Бул ҳәдистен алынатуғын пайдалар:

1. «Рамазан айы мүбәрек ай екени».
Басқа айлардың ҳеш бири бул сыпат пенен сыпатланбаған. Рамазан айы жылдың он еки айы ишиндеги ең абзалы, ең берекетлиси, ең уллысы. Ол – он еки айдың султаны.

2. «Аллаҳ таала мусылманларға Рамазан айы оразасын парыз қылғаны».
Яғный, Рамазан айының оразасын тутыў ҳәр бир бендеге Аллаҳ тәрепинен енгизилген парыз екенин билдириў.

3. «Онда аспанлардың есиклери ашылады».
Сол есиклерден Аллаҳтың мийрими, берекет жаўылады. Мийрим периштелери түседи. Бенделердиң тутқан оразалары, қылған жақсы әмеллериниң саўаплары бир неше есе көбейип аспанға көтериледи.

4. «Онда жәҳәннемниң есиклери жабылады».
Сол мүбәрек айдың ҳүрметинен жәҳәннем есиклери жабылып, оған кириў ўақтынша артқа сүриледи. Адамларға Аллаҳтың мийрими болып, оларға жақсы имканиятлар жаратып бериледи. Ораза тутып, ибадат қылған адамлар жәҳәннемнен қутылады.

5. «Онда өз басымша шайтанлар кисенленеди».
Рамазан айы шарапатынан өз басымша шайтанлар кисенленип, ораза тутқан мөминлерди ўасўаса қыла алмайды. Ораза тутқанлар биймәлел қайрлы ислерин ҳәм ибадатларын орынлайды.

6. «Онда Аллаҳтың бир түни болып, ол мың айдан жақсы».
Бул түн – Қәдир түни. Ондағы ибадат ҳәм жақсылықларға берилетуғын саўап ҳәм қайыр-берекетлер сондай дәрежеде көп. Ким сол мүбәрек түнди уйқы менен, бийҳуўда өткизсе, бәрше жақсылықлардан бос қалыпты.
Бул ҳәдисти турмысымызда қолланыўымыз, мүбәрек Рамазан айынан толық пайдаланыўды үйрениўимиз лазым. Рамазан күнлерин ораза ҳалда, түнлерин ибадат пенен өткизиўимиз керек. Қәдир түни де бийҳуўда өтпеўи лазым.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ