Get Mystery Box with random crypto!

'ӘКЕҢ КИЯТЫР!..' Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықл | Paziyletuz | Рәсмий канал

"ӘКЕҢ КИЯТЫР!.."

Перзент ушын ўақты таўсылмайтуғын ең мықлы антивирус - ол анасы. Еркек - дүздиң адамы. Сонлықтан бала көбинесе анасына жақын болып өседи. Бала көп нәрсени өзи улыўмаластырып, шешим қабыллай алмағанлықтан, барлық исте анасының айтқанына жүгинеди. Анасы жақсы көретуғын адамларды ериксиз түрде ол да жақсы көреди. Анасы биреўге өкпелеп қалса, баланың жүрегинде де сол адамға деген ренжиў пайда болады.

*
Егер ҳаял үйинде отырып күйеўин жаманлай беретуғын болса ямаса балаларының көзинше оған ҳүрмет көрсетпесе, ертең балалары да тап сондай әкесин сыйламайтуғын болады. Оның сөзин зорға тыңлап, адам қурлы көрмейди.

Ал ақыллы ҳаял
"Әкең киятыр!"
"Ҳәзир әкең келеди!"
"Әкең ренжийди"
"Әкеңнен сора"

деген сөзлерди жийи-жийи айтыў арқалы бала санасына әкеге деген өз алдына ҳүрмет пенен сыйласықтың урығын егеди.

Бүгин әкесинен қаймығып, керек гезде оның көз-қарас, қабағынан тайсалып өскен бала ертең жәмийетке опалы, жас-үлкенди сыйлайтуғын тәрбиялы, салмақлы болып өседи ҳәм өзге биреўге емес, ең алды менен, өз әкесине еликлейтуғын болады!

Демек, бул - перзент тәрбиясындағы ең пайдалы тәсирлердиң бири.

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA