Get Mystery Box with random crypto!

#ҳәдийс #дуўа АЛЛАҲТЫҢ ҚӘЛЕЎИ Анастан рәўият қылынады: | Paziyletuz | Рәсмий канал

#ҳәдийс #дуўа

АЛЛАҲТЫҢ ҚӘЛЕЎИ

Анастан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам көбинесе:
«Аллооҳуммә я муқоллибәл қулуўб саббит қолбий ъаләә дийник», – деп айтар еди».

Дуўаның мәниси: «Аллаҳым! Ҳәй қәлблерди айландырып турыўшы Аллаҳ! Қәлбимди диниңде беккем қыл!»

Шолыў: Инсан қәлби тез өзгериўшең нәрсе. Араб тилинде «қәлб» сөзи «өзгериў», «айланыў» киби мәнилерди аңлатады.
Қәлбтиң тез өзгериўшеңлиги Қураны кәрийм ҳәм ҳәдиси шәрийфлерде тез-тез еслетип турылады. Усы ҳәдис те сондай еслетпелерден бири. Инсан тез-тез Аллаҳ тааланың зикирин қылып турса, қәлби жумсайды, мүләйим болады, сезиниў тәжирийбеси раўажланады. Усы ҳәдиси шәрийф те бизлерге әне сол ҳақыйқатты еслетпекте.
Қәлблер дүньядағы ҳәмме нәрсе Аллаҳ тааладан екенин жақсы биледи. Инсанлар еки дүнья саадаты Аллаҳтың ықтыярында екенин жақсы биледи. Сондай болғанынан соң, неге Аллаҳтан қәлблерди Өз дининде беккем етиўин сорап дуўа қылмаў керек?!
Бенде ушын қәлбиниң динде беккем болыўы еки дүнья утысының негизги себеби.
Соның ушын да, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул дуўаны көп айтар еди.


https://t.me/paziyletuz