Get Mystery Box with random crypto!

#мағлыўмат Бүгин жума күни. Жума күни көп салаўат айыў | Paziyletuz | Рәсмий канал

#мағлыўмат

Бүгин жума күни. Жума күни көп салаўат айыў сүннет әмел есапланады.
Салаўат айтыўдың қандай пазыйлетлери бар?


.Салаўат айтыў қызғаншақлықтан узақ қылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Алдында тилге алынсам, маған салаўат жолламаған адам қызғаншақ”, – деди.
(Имам Термизий, Имам Аҳмад рәўияты).

* * *

.Салаўат айтыў дуўа қабыл болыўының негизи.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ҳәр бир дуўа Пайғамбарға салаўат айтылмағанша, аспан ортасындағы перде себепли жерде тоқтап турады, салаўат айтылса, сол перде көтериледи”, – деди.

* * *

.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтлерине найыл еристиреди.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Маған жума күнинде ҳәм жума түнинде көп салаўат айтыңлар, ким солай етсе, мен оған Қыямет күни гүўа ҳәм шәпәәтши боламан”, – деди.
(Имам Байҳақий рәўияты).

* * *

.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға жақын қылады.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Қыямет күни маған ең жақын адамлар, әлбетте маған көп салаўат айтқанлары”, – деди.
(Имам Термизий рәўияты)

* * *

. Аллаҳ таала салаўат айтыўшылардың гүналарын кеширеди, дәрежесин көтереди.
Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким маған бир мәрте салаўат айтса, Аллаҳ оған он мәрте салаўат айтады. Оның он гүнасы өшириледи. Он дәреже жоқарылытады”, – деди.
(Имам Насаий рәўияты)

* * *

. Салаўат айтыўшыларды Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам еситеди.
Абдуллаҳ ибн Әбиў Ўафа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Жума күни маған салаўатты көбейтиң. Әлбетте, маған жеткериледи ҳәм мен еситемен”, – деди.
(Имам Ибн Мажа рәўияты)

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ