Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли меқтеп, лицей, касип-өнер мектеби, техникум ҳәм ЖООла | Силтеме

Ҳүрметли меқтеп, лицей, касип-өнер мектеби, техникум ҳәм ЖООлардың ҳуқықтаныўшы, тарийхшы муғаллимлери ҳәм тәрбияшылары!

8-жедди – қарақалпақ халқының даңқлы перзенти АЛЛАЯР ҚОРАЗ УЛЫ ДОСНАЗАРОВТЫҢ атылған күни (08.12.1937). Егер билсек, бул сәне – биз – қарақалпақстанлылар ушын қайғы күни. Бирақ, бул сәнени көпшилигимиз биле бермеймиз.. Сонлықтан, әзиз муғаллимлер ҳәм тәрбияшылар, жумыс орынларыңызда Конституцияға бағышланған байрам илажын өткермекши болсаңыз (сирә өткеретуғын шығарсыз), өтиниш, кейнинен "Аллаяр атамызды еслеў" кешесин (кишигирим болса да) де өткерсеңизлер! Бул видеороликте А.Досназаров туўралы көплеген мағлыўматлар келтирилген. Буны проекторда оқыўшыларға қойып берсеңиз, нур үстине нур болар еди..

Халықтың батырлары, дана, ер жүрек, мәрт инсанлары ҳешқашан өлмейди. Тек халықтың ядына көшеди. Олар бул халық қашан өлсе сол ўақытта өледи.
Бул өмирде тек ғана қорқақлар өледи. Тири гезинде де оларды ҳешким билмейди.

Батырларымыз тири, қорқақлар өлген.

t.me/NUKUS