Get Mystery Box with random crypto!

'Ел хызметинде' газетасы жәмәәти жақында Наўайы ўәлаяты Кениме | Силтеме

"Ел хызметинде" газетасы жәмәәти жақында Наўайы ўәлаяты Кенимех районына сапар етиўди уйымластырмақта.

Хабарыңыз бар, Кенимехта көп санлы қарақалпақлар жасайды, 3 қарақалпақ мектеби бар, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, Баслаўыш тәлим бакалавр бағдарларында қарақалпақ топарлары бар. Биз усы институтқа ҳәм мектеплерге қарақалпақ тилиндеги сабақлық ҳәм көркем әдебиятларды саўғаға апармақшымыз. Қайырлы иске қосыламан, яғный китап берип жиберемен деўшилер бизге хабарласса болады.

@Sultanbek_Ziyaev

Аманатқа аты-жөниңиз жазылады.

Ҳүрмет пенен,
Дәўлетмурат Мырзамуратович