Get Mystery Box with random crypto!

#Ибрайым_Юсупов_92_жаста 'Кетсе биреў арадан, Биреў жоқлап жы | Силтеме

#Ибрайым_Юсупов_92_жаста

"Кетсе биреў арадан,
Биреў жоқлап жылайды".

И.Юсупов

Жасамағы бир Алладан бендениң,
Ғанийметдур сизди танып билгеним,
"Ханды да сыртынан айтқан", бирақ та...
Сизди жаманлаған адам көрмедим.

Мақтумқулы, Әжиниязға бейимли,
Сөз зергери едиңиз илгир зейинли,
Ата-анаға арқа сүйеп кеткендей,
Қосық жетим қалар сизден кейинги.

Дәўириңиз өтти көзди ашып-жумғанша,
Уйықла устаз... талыққансыз бир қанша,
Поэзия жасар енди шөлиркеп,
Заман жаңа Ибрайымды туўғанша.

Муратбай Нызанов

Каналымыз @el_xizmetinde