Get Mystery Box with random crypto!

Жақында бир түс көриппен, XXIII әсир филиалымыз танымас дәреже | Силтеме

Жақында бир түс көриппен, XXIII әсир филиалымыз танымас дәрежеде өзгерип кеткен. Өз алдына тәнҳә институт. Таныйтын адамларымнан ҳеш ким жоқ. Институтты аралап жүриппен…
Бир ўақыт үлкен кәбинеттен шаўқымныӊ даўысы еситилди. Қулақ түрсем, институт алдына үлкен ескерткиш қойылажақ ҳәм соныӊ додалаўы екен. Бири Станиславский десе, басқасы Әбдираман Өтепов, тағы бири Төреш Алланазаров, және биреў…. Қулласы тартыс ғажа-ғаж.
Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин институттыӊ алдында үлкен ескерткишке көзим түсти. Паах, ширкин… Не деген сулыўлық қарақалпақтыӊ бақсы қызы миллий кийимде, қолында аламойнақ дуўтар менен қуяшқа қарап жарқырап, нурланып тур. Ескерткиш астындағы жазыўға көзим түсти. Онда:
“XXI ásirde qaraqalpaq mádeniyatı hám kórkem ónerinde úlken iz qaldırıp, taraw boyınsha tunǵısh joqarı oqıw ornın ashqan, Húrliman qız baqsınıń izbasarı LOLA MAXAMMATDINOVA” – деген жазыўды оқыдым. Ериксиз жүрегмнен бир сөз айланды - ШҮКИР.