Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин кеште көшеде бир ийтти көрдим. Сәл қараңғылаў, меннен 10 | Азизуллаев Нурсултан

Бүгин кеште көшеде бир ийтти көрдим. Сәл қараңғылаў, меннен 10-15 м алыслаўда. Биреўди тислеп алғанба? Биреўдиң бир затын жеп қойғанба? Аўзын сыммен қатты байлап таслаған. Қатты байлағаны соншелли, сым байланған жерден мына жағы исип кеткен. Адамларды қатты жек көрип кеттим. Аўқат жемегенине кеми 1 күн болған. Иши тартылып,киширейип қалған. Қазир күн ыссы қалай шыдады екен. Аяп кеттим. Ары-бери усламақшы болдым. Бир өзиме услатпады,қашып кетти. Сүйтип сол жерде жүрген бир кисиден сорадым. Кимниң ийти?не болған деп? Ол: бул ийт 3-4 күннен бери жүргенин,аўзындағы қақпанның темири екенин,оларда усламақшы болғанын,бирақ услатпағанын айтты. Үйге келгели сол ийт ойымнан кетпей атыр. Ертең азанда жаңағы жерди көремиз. Егер бар болса, илажын қылып аўзындағы темирди алып таслаймыз.