Get Mystery Box with random crypto!

Еркектиң 25 ўазыйпасы: 1. Шаңарақта басшылықты қолға алыў. 2. | Азизуллаев Нурсултан

Еркектиң 25 ўазыйпасы:

1. Шаңарақта басшылықты қолға алыў.
2. Шаңарақтың сыртқы турмысы – басқа адамлар менен қатнасық етиўге, досларға ийе болыўға жуўапкершиликти алыў.
3. Ҳаял адамды безениў буйымлары, кийим кеншек ҳәм мазалы аўқат пенен тәмийинлеп турыў.
4. Ақша табыў.
5. Жай салыў, шаңарақтың имканиятларын кеңейтиў.
6. Өзиниң тәбиятына сәйкес жумыс табыў.
7. Ҳаялын илҳамландырыў.
8. Ҳаялын ҳүрмет етиў.
9. Ҳаялын қәдирлеў ҳәм оны қорғаў.
10. Ҳаялды жаманламаў, оны қандай болса, сондайлығынша қабыл етиў.
11. Ҳаялын талқыламаў, сынға алмаў.
12. Шаңарақ ағзаларының физикалық раўажланыўына жуўапкер болыў.
13. Әдеп-икрамлылық тәрбиясына жуўапкер болыў.
14. Руўхый тәрбияға жуўапкер болыў, Ҳаялының ашкөзлигин басыў.
15. Перзентлер тәрбиясына басшылық етиў.
16. Жәмийетте өз орнын тапқан, ҳүрметли инсанға айланыў.
17. Салдаманлы, бир сөзли инсанға айланыў.
18. Ҳаялыңды сондай етип жақсы көр, ол буны бәрқулла сезинип турсын.
19. Ҳаялдың өзгериўшең тәбиятын аңлаў.
20. Ер адам ҳаялының ата-анасын өзиникинен де көбирек қәдирлесин ҳәм ҳүрмет етсин.
21. Шаңарақлық турмыстың қағыйда ҳәм принциплерин белгилеў.
22. Шаңарақта ер ҳәм ҳаял адамның ўазыйпаларын белгилеў.
23. Өзиниң тәбиятын анықлаў.
24. Өмирдиң мәнисин түсинип жетиўге умтылыў.
25. Еркектиң ата-анасы келинин перзентинен де артық қәдирлесин ҳәм ҳүрмет етсин.