Get Mystery Box with random crypto!

ПСИХИКАСЫ БУЗЫЛҒАН АДАМЛАР ҚАЯҚТАН ПАЙДА БОЛАДЫ? Сораў: Не у | Азизуллаев Нурсултан

ПСИХИКАСЫ БУЗЫЛҒАН АДАМЛАР ҚАЯҚТАН ПАЙДА БОЛАДЫ?
Сораў: Не ушын кейинги ўақытларда психикасы бузылған адамлар көбейип кетти?
Жуўап: Мен бир күни маймыл менен өткерилген тәжирийбениң видеожазыўын көрдим. Шимпанзени бос ханаға киргизди. Хананың дийўаллары, полы ҳәм потологи ақ реңде еди. Хананың ортасында ақ реңдеги куб тахта тур, оның үстинде апельсин – маймылдың ең жақсы көретуғын мазалы тағамы. Бирақ апельсиннен жоқарғы кернеўли тоқ өтип тур. Шимпанзе ханаға кирди де, мийўеге асылды ҳәм оны бирден күшли тоқ урды. Ол бақырып жиберди. Бул тәжирийбе бирнеше саат даўам етти. Бирнеше күн даўамында шимпанзе мийўени алыўға урына берди. Оң қолы менен, шеп қолы менен, аяқлары менен алыўға ҳәрекет етип көрди, топылып көрди, аўдарылып көрди, тислерин ақшыйтты, қулласы қайта-қайта ҳәрекет етти. Ол үш күн даўамында апельсинди алыўға урынды. Ол бул мийўени қатты алғысы келди, бирақ буған ерисе алмады… Нәтийжеде үш күннен соң маймылға шизофрения диагнозы қойылды.