Get Mystery Box with random crypto!

Кимге керек? 2 күннен бери бизлерге шет елден келген қәнигеле | Азизуллаев Нурсултан

Кимге керек?

2 күннен бери бизлерге шет елден келген қәнигелер лекция өтип атыр. Талабаларға: егер лекцияға қатнаспаса нб қойылатуғынлығы айтылды. 1-күнги лекцияда талабалар келди. Лектор 2 сағаттан аслам ўақыт даўамында бир тонда, слайдта көрсетилген сөзлерди оқып берди. Талабалар аҳуалы: айырымлар уйқысы кеп атыр,айырымлар имтиҳанына таярланып атыр, көөөпшилиги тыңлап атырған жоқ.

2-күни тағы сондай лекция болды. Және сол аҳўал: лекторда да, талабаларда да. Енди сораў: Бул жерде ким утыўы мүмкин? Лекциясын көөөөпшилик тыңламаған лекторма ямаса имтиҳанға таярланыў ўақтында усындай лекцияға кирген талабаларма? Лекция таўсылғанннан кейин кимде сораў болса бериң делинеди. Имтиҳанға таярлана алмай атқан, күнимен слайдты оқып берген( ол зат ҳәммениң қолынан келеди) лекторды тыңламаған талабаларда сораў болама?
Буннан кимге пайда? Күтилген затты анық бермейди.

Не қылыў керек?

Шөлкемлестириўшилер:
- лекция ўақтын( айын,күнин,сағатын) қолайлы қылып қойыў;
- Лекторлар ҳәм лекция ҳаққында 2-3 күн алдын қызықтырып рекламадай ис алып барыўы кк(2-3 сағат алдын айтпай);
- Мәжбүрлеўди алып таслаў керек. Келмесең өйтемен-бүйтемен деген.

Талабаларға:
- Сонша жерден келген лекторға ҳүрмет көрсетип, лекциядан азғантай бир зат алып қалыўы;
-Шөлкемлестириўшилерге басқа ўақытқа қойып бериўин айтыўы;

Лекторларға:
- Лекторларда таярланып келиўи;
- слайдты оқып бериўди ҳәмме биледи. Слайдқа тек арасында қарап турыўы;
- Лекцияның арасында тыңлаўшыларды өзине қаратып турыўы;

Бул әлбетте жеке пикирлер