Get Mystery Box with random crypto!

Мен,дамас ҳәм Х Қыс күнлериниң бири. Темир жол вокзалға барыў | Азизуллаев Нурсултан

Мен,дамас ҳәм Х

Қыс күнлериниң бири. Темир жол вокзалға барыўым керек болып қалды. Сыртқа қарадым: қыс болса да, қар жоқ. Ҳаўа райы болса, тап мен сыртқа шықсам, жаўын жаўып кететиндей. Ай яқшы деп, кийинип шықтым. Маршрут күтип турсам, келе қоймайды ямаса толып келеди(болмаса мен турған жерден темир жол вокзалға 10 түрли маршрут жүреди).Базарға баратын маршрутлар қайта-қайта сигнал басып,минбесем үстиме басып кететиндей бола береди.

Кешегиде базарға баратын кезимде ж/д деген маршрутлар тынбай өтип турып еди. Енди қапылып тур. Әйтеўир биреўи келди. Ортадағы есиктиң қасындағы орын бос екен.

Мәнзилге шекем 15 минуттай жол. Ойланып кетип баратырман. Сүйтип бир кезде артта биреў пәлен жерде тоқтап кетиң деди. Машина әстелесип, тоқтаўға ийкемлесип атыр. Қарасам алдыдағы адамда түсиўге таярланып атыр. Тоқтаған кезде менде түсип, арттағы адамды түсирип, алдыға өтип алыўым керек. Алдыдағы адам түсти,менде түсип алдыға өтип алдым. Қызығы, арттан ешким түскен жоқ. Шофёрда маған бир түрли қарады(мына бийшара дамастың алдына отыра алмай жүр екенғо деген шығар). Қарасам, ешким арттан айтпаған,алдыдағы адамның айтқанын арттан келди деп ойлаған екенмин. Содан темир жол вокзалға бараман дегенше бир түрли боп отырдым.

@Noorbekov