Get Mystery Box with random crypto!

Ассалаўма алейкум Жахит аға. 1. Ҳешқайсысы үстин емес. 2. Т | Азизуллаев Нурсултан

Ассалаўма алейкум Жахит аға.

1. Ҳешқайсысы үстин емес.

2. Тәлим мен тәрбияның биреўин үстин қойыўымыз үшин,оның не екенин түсинип алыў керек шығар. Билимли дегенде биз көбинесе, мектепте жақсы оқыған,шет тиллерди билетин, қайсы темада сөйлесилседе араласып кете алатын ҳ.т.б деген сыяқлы қәсийетлерге ийе адамларды түсинемиз ямаса түсинемен. Тәрбиялы дегенде үлкен адамның айтқанын қылатын, оған даўысын көтерип сөйлемейтин, ҳешкиммен сен-менге бармайтын,орынсыз сөйлемейтин ҳ.т.б усыған уқсас қәсийетлерге ийе адамларды түсинемиз ямаса түсинемен. Ол билимли болса, бирақ тәрбиялық қәсийетлерге ийе болмаса ямаса сонша кишипейил,тәрбиялы болса бирақ,саўат жағынан төмен болса, бул адам өзи билмеген ҳалда адамларға жаманлық ислеп алыўы мүмкин. Соның үшин екеўин бир-биринен айырыў,бирин-екиншисинен үстин қойыў кәмилликке алып келмейди.

3. Жағдай усындай болып қаламан дегенше апармаў керек. Бала деген - бир мийўели теректиң нәли. Ол пәк. Жаманлық деген нәрсени билмейди. Ата-ана оған қандай күтим жасаса, қыйсық өсиўине жол қоймаса, ўақтында суў-төгинлерин қуйып турса, қасындағы жаман шөплерден тазалап турса ол үлкейгенде жақсы,мазалы мийўе береди. Одан қалатын кейинги туқымларда мийўесине уқсас болады.