Get Mystery Box with random crypto!

«ХАЛЫҚ ДАНАЛЫҒЫ» Балаларымыз ушын – Айыў қайда? – | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

«ХАЛЫҚ ДАНАЛЫҒЫ»

Балаларымыз ушын

– Айыў қайда?
– Тоғайда.
– Неғып атыр?
– Пал жеп атыр.
– Палы қандай?
– Татлы сондай.
– Хабар алсам егер,
Бәлким палынан берер?
– Барсаң бара ғой.
– Неше күнде жетемен?
– Еки күнде жетесең.
Ҳаў, айтқандай тура тур,
Жолда еки дәў жатыр.
Олардан қалай өтемен?
– Тилин тапсаң өтесең.
Жыллы-жыллы сөйлесең,
Арқасына минесең.
Еки атласаң демде,
Жетесең айыўдың үйине…
– Яқшы онда, мен кеттим,
– Жолың болсын, саў жетиң!
Дәўди минип сонда,
Қонақ болдым айыўға.
Жақсы күтип алды,
Ҳал-аўҳал сорастық.
Еки дүмбир палды,
Еки күнде таўыстық.
Рахмет айтып айыўға,
Қайттым узақ егленбей,
Дәўди минип аўылға.

Яқыпбай ӘЖИМОВ,
балалар шайыры

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali