Get Mystery Box with random crypto!

Соны мақтаныш пенен айтып өтиў тийис, бажыхана уйымларының жек | QR BAJÍXANA

Соны мақтаныш пенен айтып өтиў тийис, бажыхана уйымларының жеке қүрамы арасында шахмат спорт түрин кең ен жайдырыў мақсетинде усы жылдың 28-29-июль күнлери болып өткен шахмат жарысында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери де мүнәсип қатнасты.

Атап айтқанда, пүткил Өзбекстан Республикасы бажыхана органлары атынан қатнасқан 36 қатнасыўшы ишинде «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты аға инспекторы Б.Алланазаров күшли 5-лик, «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты баслығы орынбасары Қ.Жарылқағанов күшли 10-лық қатарынан орын алды.