Get Mystery Box with random crypto!

Темеки өнимлериниң нызамсыз саўдасына шек қойылды Әмелдеги ны | QR BAJÍXANA

Темеки өнимлериниң нызамсыз саўдасына шек қойылды

Әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық, темеки өнимлериниң импортын әмелге асырғанда, акциз маркалары менен қадақланыўы нәзерде тутылған.

Айырым, шахслар тәрепинен нызамшылық талапларын шетлеп өтип, бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде қыңыр жоллар менен алып кирилген темеки өнимлериниң республикамыздың аймағына нызамсыз айланыста болыўы жағдайына шек қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласындағы ресторанлардың бириниң алдында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара Р.У. сырт елде ислеп шығарылған, бажыхана тексериўинен өткерилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети болмаған ҳәм акциз маркасы менен қадақланбаған жәми 270 қутыда «ESSE CHANGE» «MOND» «MILANO» темеки өнимлерин илажға қатнастырылған «шәртли қарыйдар»ға сатып атырған ўақтында тоқтатып қалынды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.