Get Mystery Box with random crypto!

Товарлардың бажыхана қуны анықланбағанда, шәртли бажыхана қуны | QR BAJÍXANA

Товарлардың бажыхана қуны анықланбағанда, шәртли бажыхана қунын белгилеў арқалы шығарып жибериледи

Ҳүкимет қарары (712-сан, 24.11.2021 ж.) менен Декларант ямаса бажыхана брокери тәрепинен товарларды бажыхана қунын анықлаў мүмкиншилиги болмаған тәғдирде, шәртли бажыхана қунын белгилеў арқалы товарларды шығарып жибериў тәртиби туўрысындағы қағыйда тастыйықланды.

Қағыйдаға көре, товарлардың бажыхана қунын анықлаў мүмкиншилиги болмағанда олар усыныс етилген бажыхана жүк декларатсиясы тийкарында бажыхана органлары тәрепинен шәртли түрде шығарып жибериледи. Бунда бажыхана органы товарлардың шәртли бажыхана қунын ғәрезсиз түрде белгилейди.

Шәртли бажыхана қунын белгилеў арқалы товарларды шығарып жибериў декларант қәлеўине көре, атап айтқанда, товар-шийки зат биржаларының шет елдеги саўда майданшаларында дүзилген питимлер бойынша товарлардың жуўмақлаўшы баҳасы анық болмағанда әмелге асырылыўы мүмкин.

Декларант товарларды шәртли бажыхана қуны тийкарында анықлап, бажыхана органларының информация системасы арқалы бажыхана органларына мүрәжат етеди.

Буған көре, бажыхана органы декларантты шәртли бажыхана қуны ҳаққында 1 жумыс күни ишинде хабардар етеди.

Декларант тийисли тәртипте есапланған бажыхана төлемлерин төлейди.

Төлем әмелге асырылған соң, бажыхана органы 2 жумыс күни ишинде товарларды шәртли бажыхана қуны тийкарында рәсмийлестиреди.

Декларант жуўмақлаўшы бажыхана қунын белгилеў мақсетинде мәлим еткен бажыхана қунын тийкарлаў ушын товарлар шығарып жиберилгеннен соң 60 күн ишинде зәрүр ҳүжжетлерди бажыхана органларына усынады.

Ҳүжжетлер 3 жумыс күни ишинде үйренип шығылып, бажыхана қунын тийкарлаў ушын жеткиликли деп табылған тәғдирде, декларант хабардар етиледи.