Get Mystery Box with random crypto!

Социаллық тармақларда тарқалған жағдай бойынша рәсмий мағлыўма | Keleshek

Социаллық тармақларда тарқалған жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат.
Усы жылдың 12 июнь күни саат шама менен 13:40лар шамасында Әмиўдәрья районы Қылышбай АПЖ да жайласқан «Амирхан» фермер хожалығында егилген салыларды журналистлик тексериў өткериў мақсетинде Нөкис қаласы Қызкеткен елатында жасаўшы Н.Ф ҳәмде Т.М исимли пуқараларды Қылышбай АПЖ турғыны Б.Л блогер есабында шақырған. Фермер хожалығы баслығы Қ.О ҳәм оның жумысшылары менен блогерлер арасында келиспеўшилиги ақыбетинде жәнжел келип шыққан. Нәтийжеде пуқаралар Ф.Н ҳәмде М.Т түрли дәрежеде тән жарақатын алып тез жәрдем емлеўханасына түскен. Ҳәзирги ўақытта ўақыя бойынша Әмиўдәрья районы ИИБ тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.
Каналға ағза болыў: https://t.me/qriim