Get Mystery Box with random crypto!

#ЖУМА.... Ҳәдиси шәрийфте айтылады: «Жума күни келгени ушын қ | Imam Iyshan.uz KANALI

#ЖУМА....

Ҳәдиси шәрийфте айтылады: «Жума күни келгени ушын қуўанатуғын мөминге қыяметке шекем ҳәр күни сондай саўап бериледи, санағын тек ғана Аллаҳ таала биледи».

Жума күниниң сүннетлери ҳәм әдеплери бар:

Жуманы пийшембиден баслап күтиў. Мәселен, жаңа ҳәм таза кийимлерди таярлаў;
Жума намазы ушын ғусыл қылыў;
Тырнақларды алыў;
Мешитке ерте барыў;
Ертерек барып, биринши саптан орын алыў;
Алдынғы саптан орын алыў ушын жәмәәт үстинен атлап өтпеўлик;
Намаз оқып атырған адамның алдынан кесип өтпеўлик;
Хутба оқылып атырғанда тынышлықты сақлаў;
Намаздан кейин Фатиҳа, Кафируўн, Ихлас, Фалақ ҳәм Нас сүрелерин 7 мәрте оқыў;
Дуўа қабыл болатуғын ўақытты үмит пенен излеў;
Көп салаўат айтыў;
Каҳф сүресин оқыў;
Аз яки көп болса да садақа бериў;
Ата – ана,  солиҳлар, уллылар қәбирин зыярат етиў;
Шаңарағына шийринликлер тарқатыў;
Қазасы болмағанлардың нәпил намаз оқыўы;
Намазлыгерден кейин жайнамаз үстинде имканы барынша «Я Аллаҳ, Я Роҳман, Я Роҳийм, Я Қоўий, Я Қодийр», деп соңынан дуўа қылыў.

••┄┄┄┄┄❅┄┄┄┄┄•••

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

Телеграм каналымыз https://t.me/imamiyshanuz

Инстаграм каналымыз https://www.instagram.com/invites/contact/?i=1cikg9h0ykwbl&utm_content=nr14u68