Get Mystery Box with random crypto!

Да нуу!

Telegram арнасының логотипі ilxamkazakbaev — Да нуу! Д
Telegram арнасының логотипі ilxamkazakbaev — Да нуу!
Арна мекенжайы: @ilxamkazakbaev
Санаттар: Психология
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 1
Арнадан сипаттама

Просто так жазыў блогер ушын өлим☝️
Лидер мнения... Бәрще түрдеги психологик, социал ҳәмде руўҳый машқалаларға унамлы шешимлер...
👨🏻‍💻Байланыс ушын: @Baylanis7_bot

Ratings & Reviews

1.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Соңғы хабарлар 2

2021-09-21 16:58:19
Шаукат Мирзиёев: Кейинги бес жылда Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын 43 триллион сом ажыратылады. Тийкарынан, бюджеттен – 10 триллион сом, ҳалықара қаржы шөлкемлерден – 19 триллион сом, банк кредитлеринен – 14 триллион сом.

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
586 views13:58
Ашу / Түсініктеме
2021-09-21 16:37:01
Қарақалпақстанда кейинги жылдан баслап, 1-4 басланғыш класс оқыўшылары ушын, бийпул түслик бериў жолға қоийлады. Буның ушын, бюджеттен жылына 100 миллиард сом ажыратылады – Шаукат Мирзиёев.

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
574 views13:37
Ашу / Түсініктеме
2021-09-18 20:51:37 "Сыпырындыны¹ сыпырынды қутыға таслаўды билмейтин ҳалықтан, керекли шахсты керекли ҳәмелге қойыўн күтпе"

Нелсон Мандела

¹сыпырынды - мусор.

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
345 viewsedited  17:51
Ашу / Түсініктеме
2021-09-18 17:10:57
- Не қылып атырсаң?
- Жумыс ислеп атырман.
- Жумыстан соң не қыласан?
- Уйқлайман, ертең және ислеў ушын.

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
124 views14:10
Ашу / Түсініктеме
2021-09-17 20:38:17
#Мотивация

"Ким екениңизди билгиңиз келеме?
Онда тек алға қарай ҳәрекет етиң! Сол ҳәрекетиңиз ғана Сиздиң ким екениңизди көрсете алады."

Томас Джефферсон
61 views17:38
Ашу / Түсініктеме
2021-09-17 19:19:22 Парықлар

Бир сөзди оқып негизинде басқа нәрсени түсинип кете беремиз.

Мысалы: Табыслы дегени бай дегени емес, бай деген пулы көп дегени емес, илимли инсан менен тақыўадар инсанның парқы бар, оқыған дегени ақыллы дегени емес, ақыллы дегени парасатлы дегени емес, китап оқыды дегени китапға әмел қылады дегени емес.

Даўам еттире аласызба?

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
35 viewsedited  16:19
Ашу / Түсініктеме
2021-09-16 18:16:07 Тарих не ушын үйрениледи? Тарих тек ғана ата-бабалар менен мақтаныў ушын емес, бәлким кимлердир жол қойған қәтелерди қайталамаў ушын-әм шынтлап үйрениледи.

Жуўмақ шығармаў есе ески қәтелерди басқа битген бәле болыўына алып келеди.

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
104 viewsedited  15:16
Ашу / Түсініктеме
2021-09-14 18:27:38 ​​Дүнья бойлап IQ дәрежелерди есаплап баратын brainstats.com сайтының мәлим етиўинще Өзбекстанның IQ дәрежеси 87 екен.

Бул бойынша Сьерра-Леоне (91), Лаос (89), Маврикий (89), Суринам (89), Самоа (88), Эквадор (88) сыяқлы мәмлекетлерден арқадамыз.

Бир сораўда сиз бурын дүньяда усындай мәмлекетлер бар екенин билетин бедиңиз

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
80 viewsedited  15:27
Ашу / Түсініктеме
2021-09-14 18:10:34 ​​Юнеско мағлыўматларына көре ҳалқымыздың 99.9 процентты саўатлы екен. Негизи дурыс сонғы уақытларда алып барылып атырған ис-илажлар нәтийжесинде ақыл мен саўат қулақларымыздан булақ болып ағып бармахта

Ал төмендеги сүўрет болса рәсмий ушрасыўлардың биринде алынған, менимше бул ҳалықтың 00.1 процент саўатсыз бөлими

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
85 viewsedited  15:10
Ашу / Түсініктеме
2021-09-13 15:50:12 Бир қус ҳеш адам жасамайтын кең шөлдиң қақ-ортасындағы, қурғақ теректиң шахларын паналайды екен.

Бир күни қатты боран түсип, теректи ушырып жибереди. Енди баспанасыз қалған бийшара қус баспана излеп, жүзлеп шақырым жол басып өтиў керек болады. Кейин қус, зорға дегенде суўлары сылдырлап ағып турған, тереклерде мийўелери асылып қалған үлкен бағқа жетип келеди.

Егер шөлге боран түсип, теректи ушырып жибермегенде қус сол шөлде қала беретин еди.

Жуўмақ...

Канал силтемеси: t.me/ilxamkazakbaev
113 viewsedited  12:50
Ашу / Түсініктеме