Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли Ўатанласлар! Биз өз ҳуқықымызды сақлап қалдық. Конст | 𝐀𝐑𝐀𝐋 𝐒𝐀𝐌𝐀𝐋𝐈 (Rásmiy kanal)

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Биз өз ҳуқықымызды сақлап қалдық. Конституцияның Қарақалпақстанға байланыслы бөлеги өзгериссиз қалатуғын болды. Бул ушын халқымызға рахмет айтамыз! Енди халқымыздан өтиниш етемиз, артықша провакацияларға берилмейик! Тынышсызлықларды тоқтатайық. Қарақалпақстанның суверен статусы қәншелли керек болса оның тынышлығыда үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәммемиз өз шаңарағымыз бенен бирге аманшылықта, отырайық. Қалған мәселелерди нызамлы түрде шешейик. Өзиңизди асыраң, сиз Қарақалпақстанға керексиз!

Бул хабарды бәршеге жеткериўди сораймыз!

@NE_JANALIQ — LIVE жаңалықлар!