Get Mystery Box with random crypto!

Про-Лиганың 11-туринан орын алған 'Арал Самалы' - 'Туран' (0:3 | 𝐀𝐑𝐀𝐋 𝐒𝐀𝐌𝐀𝐋𝐈 (Rásmiy kanal)

Про-Лиганың 11-туринан орын алған "Арал Самалы" - "Туран" (0:3) ойынынан кейин мийманлар бас тренери Анвар Бердиев баспасөз конфренцияында қатнасты.

Ойын ҳаққында.

- Жүдә қыйын ойында жеңиске еристик. Себеби, алдынлаў "Хорезм" менен ойында да айтқан едим, тағы тәкирарлайман, жасалма майданда футбол ойнаў аңсат емес. Футболшыларыма рахмет айтаман. Зәрүрли жеңиске еристик. Тағы керекли ойынды жараларсыз жуўмақладик. "Арал Самалы" жақсы клуб ҳәм оларға кейинги ойынларда әўмет тилеймен.

- Былтырғы қурамнан клубыңыз ҳәзирги қурамы бирталай парық етеди. Өзиңиз қәлеген қанша футболшыларды клубда сақлап қалдыңыз?

- Хабарыңлар бар, "Туран" өткен мәўсим Суперлигадан түсип кеткен еди. Көп футболшылар клубтан кетти. Туўрысын айтсам, клуб қайталдан қәлиплестирилди десек де болады. Былтырғы клубда 3-4 футболшы қалған тек. Қалған барлық футболшыларды өзим усыныс еткенмен. Аллаға шукир, ҳәзир олар мени уялтырып коймады. Тоқтап қалыўшы емеспиз, сол руҳда даўам етемиз.

- Клублар футболкалары бир-бирине уқсап кеткени не менен байланыслы?

- Туўрысы, бизде 2 қыйлы футболкамыз бар, қызыл ҳәм ақ. Биринши айланбада "Арал Самалы" менен ойнағанымымызда олар көк реңли футболкада шыққан еди. Биз ақ ўаутболкада туссек да, барибир бирдей болып қолатын еди. Бул жағдай қыйыншылық туўдырды әлбетте, бирақ бүгин ышқыпазлар қызықлы ушырасыў гуўасына айланды.

- Төрешилер ҳаққында пикириңиз қандай?

- Төрешилерге ҳеш қандай келиспеўшиликим жоқ. Олардың қадағалаў етиўши арнаўлы орай бар. Ойын даўамында кимге болысқан сыяқлы көринабереди.

- "Туран" алдына қандай мақсет қойылған?

- Мақсетимиз ҳәр бир ойында жеңиске ерисип Суперлигага қайтыў. Клубымыз администрациясы алдымызға сондай ўазыйпа қойған.


Каналдан узақласпаң ҳәм досларыңызды мирәт етиң!!!
Телеграм | Инстаграм