Get Mystery Box with random crypto!

Биз шаншытыў ушын емлеўханаға келгенимизде, бир мәртелик шприц | ДЕНСАЎЛЫҚ ☝ ЖЕКЕ БЛОГ

Биз шаншытыў ушын емлеўханаға келгенимизде, бир мәртелик шприц, бир мәртелик қолқап пенен укол салыўын қадағалап турамыз да, шаштәрезханада оған итибар қаратпаймыз. Бирақ, шаштәрез ҳәм маникюрлер төмендеги гигиена қағыйдаларына әмел етиўи шәрт:
– тарақ, шаш алатуғын машинка, қайшы ҳәм басқалар ҳәр бир клиентке пайдаланылғаннан кейин хлорамин, формалин, этил спирти жәрдеминде зыянсызландырылыўы лазым;
– ең исенимли дезинфекциялаў усылы – әнжамларды суўда 15 минут қайнатыў;
– пластмасса тарақлар 0,5 процентли хлорамин еритпесине салып қойылады.

Бул илажлар, бәринен бурын, хызмет көрсетиў орнына келген клиентлердиң саламатлығын қорғаў, сондай-ақ, жуқпалы инфекциялардың кең тарқалыўының алдын алыўда оғада әҳмийетли.

@densawliq24