Get Mystery Box with random crypto!

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай | Bozataw rayonı Jaslar isleri agentligi

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети ашылады

Өзбекстан Республкасы Президентиниң тапсырмасы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультетин шөлкемлестирилмекте. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен 2022-жыл 28-февраль күнги тастыйықланған «Қызылөзек» аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжи негизинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Шымбай факультети» шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыл етиў процессин муўапықластырыў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2022-жыл 4-июль күнги 1-санлы мәжилис баянламасы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультетине 2022/2023-оқыў жылы ушын өз алдына квота ажыратылды.

Бунда жәми 95 орын болып, соннан 20 грант, 75 төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

@Karakalpak24