Get Mystery Box with random crypto!

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы | Билим Ринг || Қарақалпақстан клубы

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Билим ринг интеллектуал клубы тәрепинен еки жас категориясында, яғный 15 жасқа шекемги жаслар ҳәмде 15 жастан жоқарылар арасында шахмат интеллектуал турнири бойынша турнир шөлкемлестирилди.

Турнир жуўмағына көре, 15 жасқа шекемги жаслар арасында:

-орын Махмудов Алишер
-орын Жолдасбаева Тумарис
-орын Камалова Дилноза

15 жастан жоқарылар арасында:

-орын Даўлетов Ринат
-орын Сапарбаев Аббаз
-орын Жалғасов Даўлеталы

Жеңимпазлар Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен арнаўлы ислетилген кийимлер ҳәм дипломлар менен сыйлықланады

Сыйлықлаў кейинги турнир басланыў алдында әмелге асырылады.

Жеңимпазларды шын жүректен қутлықлаған ҳалда, кейинги турнирлерде бәршеге әўмет тилеймиз