Get Mystery Box with random crypto!

Baxıtlı SARÍBAEV

Telegram арнасының логотипі baxitlisaribaev — Baxıtlı SARÍBAEV B
Telegram арнасының логотипі baxitlisaribaev — Baxıtlı SARÍBAEV
Арна мекенжайы: @baxitlisaribaev
Санаттар: Дәйексөздер
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 809
Арнадан сипаттама

Саған аз-кем сөз унатсам,
Басқа бахыт сорамайман.
Ибрайым Юсупов
Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы
Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы
16

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

2

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2022-10-07 10:28:08
Жас дөретиўшилер Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы болды

Клубымыз ағзалары Бахытлы Сарыбаев, Атағулла Сәтбаев, Базарбай Жолдасбаев және Айдос Мухаммадияровлар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамына ағзалыққа қабыл етилди.

Усы мүнәсибет пенен олардың дөретиўшилик жумысларында тасқын табыслар, өзлерине терең денсаўлық тилеймиз!

Шексиз ҳүрмет пенен,
«
@QRJas_doretiwshiler» клубы жәмәәти.
38 viewsБахытлы Сарыбаев, 07:28
Ашу / Түсініктеме
2022-10-07 04:59:36 Кеңесбай Рахманов
Нөсер
Ол үндемеди. Маған шайы көрпеше төседи де, кәтине барып отырды. Дийўалдағы саат шықылдысы күшейип кеткендей, жай ишинде басқа сес еситилмеди. Оның жүзлери солғын тартса да, бурынғы сулыўлығын алдырған жоқ еди. Қап-қара шашлары үрпейип, тозаңып кетипти, бул оны әбден гөззал етип тур. Нәшели сүўретши салған арыўдың сүўретиндей кәтте еки бүклениўи менен көпке шекем тырп етпей отыра берди.
- Есмырза аға жоқ па?
- Районға кетти.
- Сен неге жумысыңа бармай жүрсең?
- Шықтым...
- Шықтым?
- Аўа...
- Онда Есмырза ағаға айтарсаң келип кетти деп. Хошласып кете қояйын деп едим.
- Отыр. Түске шекем келип қалады. Мен шай қояйын.
- Аўырып атырған болсаң, қыйнала бермей-ақ қой. Неге емленбейсең?
Ол жылап жиберди.
- Меники... емлениўден өтискен аўырыў! Еми жоқ! Мени кешир, Атажан, - деп ол кәтке бойын таслап өксип-өксип жылады. - Сен бахытлы боласаң. Дәмелендиргеним ушын кешир! Сүйдиргеним ушын кешир!!! Бизди дуз-несийбе қоспады. Сениң бахтың пүтини менен өзиңде қалды, Атажан. Қайларда болса да, сени күтип турған яр бар, сен оны табасаң. Ол мендей көз жас төкпейди. Ол сениң менен өмиринше күлип өтеди! Ол бахытлы қыз, Атажан! Ол... ол мендей... бахытсыз емес!...
- Айжан, жылама, сен-әм бахытлы боласаң...
- Жоқ, мен нанның үстинен атлағандай бахтымның үстимнен де атлап өтип кеткенмен...
Ол үнсиз жылады. Жай ишинде тек ғана саат сести: шық, шық, шық.
- Мен қайтаман, Айжан...
Ол үндемеди. Соң орнымнан анық қозғалғанымды билип:
- Жездемниң жумысларын не қылдың? - деди.
- Не қылайын? - деп оның түпсиз қап-қара көзлерине қарадым. - Өзиң-ақ айт, не қылайын?
- Өзиң билесең. Мениң саған пәлен-төлен деўге ҳақым жоқ. Енди маған бәрибир...
Ол сөзлерин бөлип-бөлип айтты да, көрпесин бастырынып жатып алды. Мен орнымнан турып, "яқшы онда" деп жүре бергенимде:
- Атажан! - деген даўысын еситтим. - Берман кел.
(Даўамы бар)
Канал: @BaxitliSaribaev
157 viewsБахытлы Сарыбаев, edited  01:59
Ашу / Түсініктеме
2022-10-06 05:46:25 Әрман
Жақсы нийет-жарым ырыс.
Халық нақылы
Шығарып саларсаң жумысқа таңда:
"Ҳадал хызмет етиң ана Ўатанға!"
Сөзлериң кеўлиме бағышлап қанат,
Белимди буўынып, бахыт тапқанман.

Қолымда сен ушын аталған гүлим,
Уямызға қарай талпынар кеўлим,
Қутлы босағама қойғанда қәдем,
Көзлериң бахыттан қағады күлим!

"Рахмет, қуўандырды итибарыңыз,
Ығбал - мениң ушын сизиң барыңыз!"
Деп гүлди қушақлап қоярсаң сүйип,
Шертилер ышқыдан кеўил тарымыз.

Балалар алдымнан шығар қуўанып,
"Ағажан, бизге не келдиңиз алып?"
Сый етейин жемислердиң татлысын,
Шадлығы кеўлимди турар суўғарып.

Дәрҳал дастурқанды сазлап әжайып,
Қонар бирге ишкен шийели шайың,
Жаратқаным бизге етипти инам,
Әрманлаған муҳаббаттың сарайын.

Генжемизди жойтсам кирип есиктен,
"Кишкентай бөленип жатар бесикте"
Дер сүйиклим ишимдегин уққандай,
Жаным толқыр бир күлгенин еситсем.

"Ағажан, паркке барсақ мейли ме?
Сорайды перзентлер қарап кеўлиме,
Кенарыма сыймай тасып-толаман,
Шыққан демлеримде ығбал сейлине.

Кеўлим әрманлаған бахытлы турмыс:
Муҳаббат, қуўаныш, берекет, ырыс,
Бар бәршеси уямыздың ишинде,
Ҳаққа шүкир айтып жасап атырмыз!

6-октябрь, 2022
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
567 viewsБахытлы Сарыбаев, edited  02:46
Ашу / Түсініктеме
2022-10-06 04:47:38 Кеңесбай Рахманов
Нөсер
- Әй, сен басқа адамсаң ғой, - деп ол да күлди. - Есмырза ағаға берсе трубканы.
- Трубканы кесип апарып берейин бе, бул жерде жоқ болса! Адамбайсаң ба? Салаўма әлейкум! Ҳарма?
- Рахмет! - деп иркилип қалды ол мени танымай, кимсең деп сораўдың қолайсыз екенин сезип турғанын билип турман.
- Яқшы онда...
Телефонды жайына қойдым да, сыртқа шықтым...
Есмырза ағаның жазда адамнан босамайтуғын шертегиниң асты қулазып қалыпты. Шертектен өттим де, жайдың есигин аштым. Есмырза ағаның бала-шағалары отыратуғын өжиреге бас суғып едим, дәслеп ҳешким көринбейди. Соң кәт сықырлағандай болып еди, қарасам, көрпеге оранып биреў жатырған екен. Көкирегимде ат шаўып кетти! Айжан!!! Маған не болды?! Неге умыта алмайман?! Неге??! Көрген ўақта жүрегим дүбирлеп кете беретуғыны неликтен! Айтың, маған! О, арсыз муҳаббат, сен айт! Сен мерезбисең?! Сениң уўың бар ма? Сениң палыңнан уўың көп пе?! Мени уўладың ба? Мен умыта алмайман ба? Еркиме күшим жетпейтуғын иленәзик жанман ба?! О, бийопа муҳаббат! Жек көриўшилик сезимлеримниң саған не, еле күши жетпей атырғаны ма? Сен енди бәрин умыт, умыт, умыт!!! Сен ушын Айжан атлы гөззал бул дүньяда жоқ! Ол туўылмаған! Жаслығымның жолында мени еглеп, биреўлердиң ләззети ушын жаратылған қызға көзлеримди дилгир ете берме, соқыр муҳаббат! Мен өз көзим менен көрдим ғой... Егер сол исти басқа биреўлердиң аўзынан еситкенимде, мен сениң қол астыңда ҳүкимиңди орынлап, сол гәп тарқатыўшылардың аўзын осып алмаспа едим, дәртли муҳаббатым?! Сен енди жүрегимди қайтып берип, өз бийлигиме тапсыр да, өзиң усы жақта қала бер, бийшара муҳаббатым...
Айжан көрпесин серпип таслады да, орнынан атып турып:
- Келдиң бе? - деп сыбырланды.
- Келдим... Кетип баратырман.
- Қаяққа? - Оның көзлери жасаўрады.
- Аўылға... Көринбейсең ғой?
(Даўамы бар)
Канал: @BaxitliSaribaev
6
398 viewsБахытлы Сарыбаев, 01:47
Ашу / Түсініктеме
2022-10-05 12:38:09
Diqqat yangilik! Zoom platformasi orqali onlayn tarzda barcha xohlovchilarni Ingliz tilini bilish darajasini aniqlashning ko‘p darajali (Multi level) test sinovi o‘quv kursiga taklif etamiz

Multi level test
ko‘nikmalari va baholash mezonlari bo‘yicha o‘quv kursi 15-oktabr kuni boshlanadi.

Ushbu o‘quv kursi ingliz tili bo‘yicha test sinoviga tayyorlanishni xohlovchilar uchun.

O‘quv kursi 24 soatga mo‘ljallangan bo‘lib, 15-22-oktabr kunlari Zoom platformasi orqali onlayn tarzda bo‘lib o‘tadi.

Unda tinglovchilarga Multi level test sinovi ko‘nikmalarini baholash bo‘yicha va test jarayoniga oid barcha ma'lumotlar (nazariy va amaliy) o‘zbek tilida beriladi.

O‘quv kursida ishtirok etish istagini bildirgan talabgorlar 14-oktabr kuniga qadar ushbu havola orqali onlayn ro‘yxatdan o‘tib, to‘lovni (300 000 so‘m) amalga oshirgan dastlabki 30 ta tinglovchi kursda ishtirok etishlari mumkin.

Murojaat uchun telefon: (95) 507-70-72

Ilmiy markazning telegram kanali:
@dtmilmiymarkaz
284 viewsБекмухамед Абдуллаев, 09:38
Ашу / Түсініктеме
2022-10-05 12:38:09
Ingliz tilidan "Multilevel" mock test sinovi

Test sinovlari belgilangan binolarda 2 smenada tashkil etiladi.

Ro‘yxatdan o‘tishni oxirgi muddati 17-oktabrgacha davom etadi.

Test sinovida dastlabki ro‘yxatdan o‘tgan va 100 000 (yuz ming) so'm to'lovni amalga oshirgan 90 nafar talabgor ishtirok etish imkoniyatiga ega bo‘ladi.

Test sinovida ishtirok etish istagini bildirgan talabgorlar ushbu havola orqali onlayn ro‘yxatdan o‘tishlari mumkin.

Mock test sinovini topshirishning afzalliklari:

Tayyorgarlik darajangizni bilib olasiz, bu test sinovini muvaffaqiyatli topshirishga yordam beradi.
Haqiqiy test muhitini his qilasiz va vaqtdan unumli foydalanishni o‘rganasiz. O‘zingizga bo‘lgan ishonch ortadi.
Testning to’rtta bo‘limi – tinglab tushunish, o‘qish, yozish va gapirish bo‘yicha test jarayonlari haqida bilib olasiz.

Murojaat uchun telefon: (95) 507-70-72.

Ilmiy markazning telegram kanali:
@dtmilmiymarkaz
264 viewsБекмухамед Абдуллаев, 09:38
Ашу / Түсініктеме
2022-10-05 05:03:07 Кеңесбай Рахманов
Нөсер
Айжанның басы столға түсип кетти. Басын көтерместен солқылдап жылай баслады. Стол үстине көз жаслары тама берди, тама берди. Сыртта нөсер. Иште көз жас. Сыртта аспан жылап атыр. Иште жас жан жылап атыр. Сыртта тәбият жас төгип атыр, иште ар-уят жас төгип атыр...
Шығып кеттим. Сәскеде дайым келди. Әкелген аўқатын қолыма услатты да:
- Апама бәрин айттым, - деди. - Ертең көлик әкелемен. Аўылға бармасаңыз болмайды. Аўылдағы мектептен орын да сорастырып қояман. Жазылыўдан барарсаң...
* * *
Емлеўханадан қутылып биротала жолға шықтым. Гүздиң соңғы айы қара суўыққа айланған екен. Бир жерде жатып, пышықтай жыллы жерге үйренип қалғандики ме, үстимдеги қысқа шақлап алған пальто да жуқарып кеткендей ызғырыққа төтепки бере алмай киятыр.
Мектеп алдында қыбыр еткен жан көринбейди. Оқыўшылар еле пахтадан қайтқан жоқ еди. Ишке кириўден, бир-еки жайдан төменги классларды оқытып атырған муғаллимлердиң даўыслары еситилди. Директордың кабинети ашық екен. Иште ҳешким жоқ. Столлардың үстин шаң басып қалыпты. Соның арасында телефонға жан енди. Ойланып турдым да, үсти-үстине шырылдай берген соң реҳимим келип, трубканы қулағыма туттым.
- Есмырза аға, жетиншиниң балларын не қылсақ екен? - Телефондағы даўыс дарылдап, күлкимди келтирип жиберди.
- Үйлерине қайтар, ертең оқыўға келсин! - дедим күлкимди зорға иркип.
- Сондай тәртип болғаны шын ба?
- Аўа.
(Даўамы бар)
Канал: @BaxitliSaribaev
710 viewsБахытлы Сарыбаев, 02:03
Ашу / Түсініктеме
2022-10-04 17:39:30 Бүгин өмиримдеги ең умытылмас, бахытлы, ядымда мәңгиге мөрленип қалатуғын күн болды. Азы-кем дөретиўшилигим инабатқа алынып, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзалығына қабыл етилип, төбем көкке жетип қуўанып қалдым! Кеўил сезимлеримди сөз бенен жеткерип бере алмайман.
Бул итибар, исеним, үмит - биз, жас дөретиўшилерге үлкен жуўапкершилик жүклейди, еле де өз үстимизде тынымсыз ислеўди, излениўди талап етеди. Усындай жоқары исенимнен илҳамланып, қолымыздан келгенинше қәлемимиз бенен ел-халқымызға ҳадал хызмет етиўге, кеўиллерге қозғаў салыўшы шығармаларды дөретиўге умтыламыз.
Бизди қоллап-қуўатлаған, исеним билдирген Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жәмәәтине терең миннетдаршылығымызды билдиремиз!
Итибар қанат бағышлайды!
600 viewsБахытлы Сарыбаев, 14:39
Ашу / Түсініктеме
2022-10-04 17:23:11 Қосығыма
Бөлендирип сый-ҳүрметтиң гүлине,
Болғыл деймен еле тыңланбаған жыр.
Азық берип, қозғаў салып кеўлине,
Қуя алсаң еди аз болса да нур.

Нурлы мәкан етип кеўил жағысын,
Аңқып тур өзгеше бир жупар болып.
Мақул келсе дослар айтар алғысын,
Қалсын барған жериң пайызға толып.

Кеўил шөллегенде қандырған мийрин,
Болғыл татып көрилмеген бир булақ.
"Бул руўхый суўсын оғада шийрин",
Деп көплер жаныңда егленсин узақ.

Жасыл нәўбәҳәрде даланы гезип,
Қуўандыр дийқанды айтып ҳармасын.
Көркем сөздиң ҳасыл мәнисин сезип,
Тыңлар болсын сени ишип жармасын.

Әдиўли өмирден излеп гүзарын,
Умтылар өз сөзин айтыўға бенде.
Жайнатып сүйикли қосық гүлзарын,
Өз орныңа ийе болғайсаң сен де!

Бахытлы Сарыбаев
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы
960 viewsБахытлы Сарыбаев, edited  14:23
Ашу / Түсініктеме
2022-10-04 17:15:45
357 viewsБахытлы Сарыбаев, 14:15
Ашу / Түсініктеме