Get Mystery Box with random crypto!

Россиялық бир эксперт Өзбекстанлықларға бир мәсләхат берипти. | БУРХАНОВ Телеграм

Россиялық бир эксперт Өзбекстанлықларға бир мәсләхат берипти. Оның айтыуынша "үш жыл дауамында хешким "УзАвтоМоторс" тан автомобиль сатып алмаса бахаларыда түседи, сыпатыда жақсыланады, басқа автолар ушын растаможкада жеңиллеседи".
Бул эксперт анық қәтелести. Бизде бундай байкотты өлтирсеңде қылмайды. Ала береди, ала береди, урып-теуип соң берсеңде ыржыйып ала береди. Бермесең пара берип алады. Хәммени жаслығында "қой балам өйтпе" дей берип қойға айландырып болған. Аузы бирикпейди.
Қай жерде дур бир оқып едим, толық есимде қалмапты, есимде барынша айтайын;
Бир қаланы бир патша басып алыпты. Адамларына не түрли зулымлық қылсада жүре берер екен. Хәмме жаманлықты қылыпты, ғың дейтуғын адам жоқ емиш. Сөйтип қалаға кирип-шығыуды пуллы қылыпты. Онда да сес жоқ. Сөйтип қалаға кирерде бир мәрте, шығарда бир мәрте жамбасына теуип киргизип-шығарылсын депти. Бир-еки күннен кейин қараса қалада ғалауыт болып атырған уқсайды. Сонда патша; -әнеее, енди көзи ашылды булардың. Енди хақысын талап етип баслапты, деп ойласа, қәте ойлапты. Неге десең топалаң басқа нәрсе ушын екен. Жамбасына бир теуип киргизип-шығарыушылар үлгере алмай нәубет талас болып атыр екен. Теуиушилердиң санын көбейтиң деп бақырысып атыр екен. .

Эхх эксперт, эксперт. Россияда отырып алып ақыл үйретесең-әәә. Хәр жердиң тасы-тәрезиси бар ақыр .

@voyn13.